Институт жасларының қайырқомлық акциясынан түскен пуллар ийгиликли жумысларға жумсалды

Байрам қарсаңында жәрдемге мүтәж ҳәм наўқасланып қалған инсанлардың ҳалынан хабар алыў – халқымызға тән болған улыўма инсаныйлық пазыйлетлердиң бири болып табылады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир топар белсенди жаслары ҳәм жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ағзалары тәрепинен 10-декабрьден баслап институттың барлық факультетлеринде қайырқомлық қутышалары орнатылған еди. Мақсет – жәрдемге мүтәж ҳәм наўқас инсанларға жәрдем бериўден ибарат.

Сондай-ақ, 15-декабрь күни пайтахтымыздағы «Мега Нукус» саўда-кеўил ашар орайы алдында қайырқомлық концерти де усы мақсетте шөлкемлестирилди.

Акция даўамында 5 миллион сумнан зыят пул жыйналды. Жыйналған пуллар институт жаслар аўқамы ўәкиллери ҳәм кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкеми менен биргеликте Республикалық онкологиялық кеселликлер диспансеринде емленип атырған 10 адамға тапсырылды.

«Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек» деген еди Биринши Президентимиз Ислам Кәримов.

Жаслардың байрам қарсыңындағы бундай ийгиликли жумыслары еле де даўам ете береди.