МРО сырт ел китапхана ҳәм мәлимлеме-ресурслары менен ислеў бөлиминде «Конституция ҳәм нызам үстинлиги – абадан турмыс гиреўи» атамасындағы әдебий кеше болып өтти
Институттың Мәлимлеме-ресурс орайы Сырт ел китапхана ҳәм мәлимлеме-ресурслары менен ислеў бөлиминде 2019-жыл 17-декабрь куни Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция ҳәм нызам үстинлиги – абадан турмыс гиреўи» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.
Кешеге институт профессор-оқытыўшылары, МРО хызметкерлери ҳәм талаба-жаслар қатнасды.
Кешени Сырт ел китапхана ҳәм мәлимлеме ресурслары менен ислеў бөлими баслығы Р.Аманбаева алып барды. Кешени МРО директоры Я.Генжемуратов ашып берди. Ол өз сөзинде Өзбекстан Републикасының Конституциясының инсан өмириндеги әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Кешеге миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының оқытыўшысы Пирниязова М., Конституция елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳужжет еркинлигин айтып кеше қатнасыўшыларының Конституция ҳаққындағы билимлерин және де тереңнен уйрениўге, елимизде болайын деп атырған сайлаў мапазына актив қатнасыўларына шақырып қалды.
Буннан кейин инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыўшысы Кдырбаева Г., өз сөзинде бәршени байрам менен қутлықлап, Конституция хаққында өз пикирлерин билдирди.
Кешеде МРО Илимий методикалық ҳәм мәлимлеме мағлумат бөлими баслығы З.Қайнарова ҳәм сырт ел китапхана ҳәм мәлимлеме ресурслары менен ислеў бөлиминиң хызметкери З.Ауезовалар шығып сөйлеп елимизде қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм қарарлар мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда айрықша орын ийелейтуғынын айтып өтти.
Буннан кейин шет тиллери факультетиниң талабалары Конституция ҳаққында өзлериниң шөлкемлестирген қосық-ойынлары, қызықлы сораў-жуўап викториналары менен белсене қатнасды. Кешеге актив қатнасқан талаба жаслар «Китапқумарлар клубы»ның мақтаў жарлықлары менен сыйлықланды
«Конституция ҳәм нызам үстинлиги – абадан турмыс гиреўи» атамасындағы әдебий кеше қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.