Хош хабар!

Бүгин, 23-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен «Хошамет – 2019» сыйлықлаў салтанаты болып өтпекте.

Сыйлықлаў салтанатында «Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын» номинациясы бойынша Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров сыйлықланды.

Номинациялар бойынша жеңимпаз болғанларға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

 

Ислам Матеков.