22 округте емес, 25 округте қайта сайлаў өткериледи: Сайлаўлардың екинши туры қашан болып өтетуғынлығы мәлим болды

Хабарыңыз бар, усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар өткерилди.

23-декабрь күни сайлаўдың дәслепки нәтийжелери жәрияланып, 22 сайлаў округинде талабанлар жетерли даўыс топлай алмағаны себепли 2-тур өткерилетуғынлығы жәрияланды.

Бүгин, 25-декабрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў нәтийжелерине дүзетиў киргизди ҳәм 22 емес, 25 округте сайлаўлар қайтадан өткерилетуғынлығын мәлим етти.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жуўмақлаўшы протоколлары үйренип шығылғанда, 3 сайлаў округинде (Самарқанд ўәлаяты 67-Пастдарғом сайлаў округи, Ферғана ўәлаяты 102-Яйпан ҳәм 106-Бағдод сайлаў округлери) сайлаў нәтийжелерин анықлаў процесинде арифметикалық қәтелерге жол қойылғаны анықланды.

Сайлаўдың 2-туры 2020-жыл 5-январь күни өткериледи.

 

Ислам Матеков.