ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жаслар аўқамы негизинде Жаслар ислери агентлиги шөлкемлестириледи

27-декабрь күни Президентимиз елимиз жаслары менен ушырасыўында мәмлекетимизде жаслар сиясатына тиккелей жуўапкер болған мәмлекетлик уйымға зәрүрлик бар екенлигин билдирди, деп хабар бермекте Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының мәлимлеме хызмети.

Германияда Шаңарақ, кекселер ҳәм жаслар мәселелери министрлиги, Францияда Жаслар ҳәм спорт министрлиги, Түркияда Жаслар ҳәм спорт министрлиги, Сингапурда Мәденият, коммуникация ҳәм жаслар министрлиги, Россияда Федерал жаслар агентлиги мәмлекетлик уйым ўазыйпасын атқаратуғынлығын айырықша атап өтти Президентимиз.

— Усы мүнәсибет пенен бир ай мүддетте раўажланған мәмлекетлердиң жедел тәжирийбесинен келип шығып, Жаслар аўқамы негизинде Жаслар ислери агентлигин шөлкемлестириў, «Жаслар – келешегимиз» қорының нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныс киргизилсин, — деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

 

Ислам Матеков.