1-февральдан баслап мийнет ҳақы, пенсия ҳәм стипендиялар муғдары көбейе ме?
«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
«Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше, қарар тийкарында 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтиледи.
2020-жыл 1-февральдан баслап республика аймағында:
– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 679 330 сум;
– пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 238 610 сум;
– жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 466 680 сум;
– балалықтан майыплығы болғанларға берилетуғын напақа – айына 466 680 сум;
– зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 286 390 сум етип белгиленди.
Ислам Матеков.