Жаслар турмысындағы әҳмийетли ушырасыў
4-январь күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўди муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Қудайбергенов пенен ушырасыў кешеси болип өтти.
Дәслеп М.Ерниязов бүгинги күнде жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм бул имканиятлардан пайдаланып атырған жасларды айрықша айтып өтти. 27-декабрь күни ҳүрметли Президентимиз бенен бир топар белседи жаслардың ушырасыўы, сондай-ақ, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында жасларға қаратылған итибар, болып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, жаслар бәнтлиги мәселелери бойынша кеңнен айтып өтти.
Буннан соң Т.Қудайбергенов Мойнақтағы өзгерислер, ол жерде жаңадан бой тиклеген имаратлар, әсиресе, жаслардың жумыс пенен тәмийнлениўи көзди қуўандыирады. Бир ғана тигиў фабрикасында Мойнақтан 288, Үшсайдан 54, Мәделиден 198, Бозатаўдан 42, Ҳәким атадан 75, Шеге аўылынан 120, Тик өзек аўылынан 46, Порлытаўдан 77 – жәми 900 жас үш сменада жумыс алып барады.
Сондай-ақ, Арал теңизи ултанында М.Ерниязов пенен биргеликте жаслар менен ушрастық. Арал теңизи бойында алып барылып атырған жумысларда республикамыздың барлық ўәлаятларынан жаслар, гүллән халқымыз сексеўил егиў жумысларында белсендилик көрсетпекте. Жасларымызды алып барып көрсетиў керек, ол жерде болып атырған жумыслар, ағалары, апалары, теңлеслериниң мийнет етип атырғанын көриўи, өзлери де белсендилик көрсетиўи керек, деп айтып өтти. Усы жумыслар арқасында сексеўилден тоғайзарлықтың пайда болыўы, нәтийжеде ҳайўанат дүньясының түлки, қасқыр ҳәм қоянның қайтыўы мақтанышлы, әлбетте. Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслардың көзлерине қарап биз 700 мың емес жаслар жәрдеми менен және 100 мың, яғный 800 мың гектарға сексеўил егемиз ҳәм жасларға өрнек сыпатында көрсетемиз, деп исеним билдирди.
Сондай-ақ, бирде-бир Қарақалпақстанлы жас билмей қалмаўы керек, Президентимиз проекти менен қандай жумыслар алып барылып атыр, республикамызда Арал машқаласы бойынша, деп Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы А.С.Данияровқа тапсырмалар берди.
Буннан кейин өз гезегинде жасларда “Ниҳол” сыйлығының лауреаты Ш.Турсынбаев сөзге шықты. Өз сөзинде: Жақында ғана Президентимиз бенен ушрасып сол жерде Қарақалпақстанда опера мектебин ашыўды усыныс еттим. Егер бул мектеп ашылса елимиз көркем өнериниң раўажланыўына үлкен үлесин қосады, бул жерде жасларымыз тәлим алып дүнья сахналарында өз өнерин көрсетеди, деп исеним билдиремен. Бүгин мен бул сөзлерди айтыўға таярланып келген едим бул ушрасыўдан руўхланып мен де илҳәм пайда болды, қосық айтып, трактор айдасам, мен ҳәзирден таярман трактор айдап қосық айтып жасларды руўхландырсам.
Төремуратов Нызаматдин Бозатаў районы 1-санлы мектеп жаслар жетекшиси: Мен Ҳурметли Президентимиздиң 2019-жылы 21-22-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына келген сапарында қайта шөлкемлестирилген районның перзентимен. Ең дәслеп Ҳүрметли журт басшымызға мыңнан мың рахметимди айтқым келеди, себеби, биз жаслардың, Бозатаў халқының арзыў-нийетлерин түсинип жетти. Президентимиз бозатаўда экотуризимди раўажландырамыз, деп айтып өтти, бул өз-өзинен емес, әлбетте. Бозатаўға кирип келгениңизден ол жердиң ҳаўасы басқаша, көпшилик районлар таўлар қумлықлар менен оралған болса тек Бозатаў тоғайлықлар менен қоршалған. Буны Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов былай тәрийплейди:
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар,
Көргенде көзимниң жаўын алдыңыз.
Қалай булдозерден аман қалдыңыз,
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар.
Кеше ғана мәмлекетимиз басшысы жаслар менен ушырасқан ўақтында мен сегизиншы қатарда отырдым ҳәм ҳәр бир айтқан сөзинен тәсирлендим өзиме күш, үлкен мотивация ала алдым, аўылға барып сол затларды ислеймен деп өзиме ўәде бердим.
Шығып сөйлеўимнен пайдаланып, көплеген шараятларды жаратып берип атырғаны ушын, әлбетте, биз жаслар да елимиздиң раўажланыўына өз үлесимизди қосамыз.
Нызаматдин өзи менен шәкиртин де алып келген екен, яғный Бозатаў районы 1-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы Оразбаева Гүлсәнем. Гүлсәнем өз сөзлеринде өзиниң спорттағы табыслары, қосықлар жазыўын, Бозатаў район болып ашылғаннан бери көплеген жаңалықлар болып, имканиятлар есиги ашылғанын, спорт комплекслер қурылысының басланғанын, амфитеатрлардың қурылып атырғанын мақтаныш пенен айтып өтти.
Бул итибардан толқынланып Президент атама миннетдаршылық ретинде қосық жазған едим деп қосығын оқып берди. Усы кунге шекем мен алдыма белгили кәсипти ийелеймен деп мақсет қойған жоқ едим, усы ушырасыўдан кейин мен келешекте ишки ислер хызметкери боламан, деген Гүлсәнемниң сөзлери бәршени тәсирлендирип жиберди.
Өз гезегинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов тәрепинен Президент саўғасы тапсырылды ҳәм компьютер саўға етиўин айтты. Ушырасыў даўамында басқа да жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ушырасыў жасларды еле де ўатанды сүйиў сезимлерин оятып, бәршемиз сүйген «Айдынлар» қосығын айтыўға баслады. Бул ушрасыў жаслар ядынан көп ўақытқа шекем шықпаўы анық.
Турсынбай Ильясов,
НМПИ 2-курс студенти.
Ушрасыў қатнасыўшысы.