ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ студентлери Қазақстанда өткерилген халықаралық фестивальда гран-при ҳәм 1-орынды қолға киргизди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының студентлери Баҳадыр Қуўатбаев ҳәм Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 4-7-январь күнлери Қазақстан Республикасы Нур-Султан (Астана) қаласында өткерилип атырған V Халықаралық көп жанрлы «Gloria» фестивалында қатнасты.

ҒМДА мәмлекетлериниң көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы талантлы жаслары қатнасқан усы фестивальда Баҳадыр Қуўатбаев «Әжинияз» операсынан Әжинияздың ариясын атқарып, академиялық вокал (соло) бағдарында гран-при жеңимпазы деп табылды.

Институттың және бир студенти Қәллибек Муҳаммеддинов эстрада бағдары бойынша усы фестивальда 1-орынды ийеледи.

Студент-жасларды фестивальға педагогика факультети оқытыўшысы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Айгүл Надырова таярлады.

 

Нөкис МПИ баспасөз хызмети.