ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Айт сен, Әжинияздың қосықларынан!» таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

Хабарыңыз бар, өткен 2019-жылдың декабрь айында социаллық тармақларда өзлериниң белсенди пуқаралық позициясы менен тармақлардың қарақалпақ сегментинде бир неше чэлленджлер ҳәм таңлаўлар өткериўде белсендилик көрсетип киятырған Бахтыяр Қәдирбергенов және блогер Ҳайрулла Шамуратов тәрепинен «Айт сен, Әжинияздың қосықларынан!» хэштеги тийкарында таңлаў жәрияланған еди.

Таңлаўға ҳәр қандай қатнасыўшы қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының «Әй әлип…» қосығынан бир шуўмақты айтып, видеоға түсирип, оны шөлкемлестириўшилерге жибериў шәрти қойылды. Буған тармақ пайдаланыўшылары да унамлы қатнаста болып, өзлериниң видеоларын жоллап, белсенди қатнасты.

Бүгин, 6-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы таңлаў жуўмақлары ҳәм жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

— Таңлаўға 100 ге шамалас видеолар келип түсти. Биз олардың дерлик ҳәммесин өз ўақтында жәриялап барыўға ҳәрекет еттик. Дурыс, базда айырым техникалық насазлықлар да орын алды. Бирақ, солай болса да, таңлаў биз күткеннен де жоқары дәрежеде өтти, деп ойлайман, — деди Бахтыяр Қәдирбергенов.

Таңлаўға келген ҳәр видео Телеграм мессенджериндеги Бахтыяр Қәдирбергенов ҳәм Ҳайрулла Шамуратовтың блогларында жәрияланып барылды. Жеңимпазлар тармақ пайдаланыўшыларының ҳәр бир қатнасыўшыға берген даўыслары (Like) арқалы анықланды.

 

Даўыс бериў нәтийжелерине муўапық:

5-орын – Гүлжайна Куленова (732 даўыс, сыйлық 100 мың сум);

4-орын – Азода Қурбанбаева (762 даўыс, сыйлық 200 мың сум);

3-орын – Батыр Байниязов (945 даўыс, сыйлық 300 мың сум);

2-орын – Пердегүл Генжекеева (946 даўыс, сыйлық 400 мың сум);

1-орын – Айбарысхан Генжемуратов (1000 даўыс, сыйлық 500 мың сум)ларға несип етти.

Таңлаў 2019-жылдың 22-декабрь күнинен 2020-жылдың 2-январына шекем даўам етти. Таңлаўға үш ярым жастан баслап алпыс жасқа шекемги аралықтағы қәлеўшилер қатнасқанлығы да Әжинияз Қосыбай улының «Әй әлип…» қосығының, улыўма шайыр дөретпелериниң халқымыз арасында қаншелли сүйип оқылатуғынлығын көрсете алды.

Сыйлықлаў салтанатында таңлаў қатнасыўшылары, жеңимпазлар да сөзге шығып, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз дөретпелериниң әдебиятымыз, тарийхымыз, улыўма өмиримиздеги әҳмийетине тоқталып, келешек ийелери болған жаслар тәрепинен усындай басламалар шығып атырғанын жоқары баҳалады.

 

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм шөлкемлестириўшилери жеңимпазларды сыйлықлаў ушын қәўендерлик етип, қоллап-қуўатлағанларға миннетдаршылық билдирди.

 

Ислам Матеков.

Автордың түсирген фотосүўретлери.