ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

2020-жылы 18 жаңа оқыў орынларының жумысы жолға қойылады

Оған бола, Жоқары билимлендириўге қамтып алыў арттырылады ҳәм билимлендириўдиң сапасы жақсыланады. Сондай-ақ, 18 жаңа жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы жолға қойылады:

10 жергиликли жоқары билимлендириў мәкемеси;

3 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси;

5 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында.

Қосымша билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў еки есеге арттырылады.

18 жаңа Жоқары оқыў орнының шөлкемлестирилиўи ҳәм билимлендириў бағдарламаларының кеңейтилиўи нәтийжесинде жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыўы 25 процентке жеткериледи.

Инженерлик-техникалық тәлим бағдарлары бойынша қабыллаў параметрлериниң үлеси 28 процентке көбейтиледи;

Бакалавриат тәлим бағдарлары питкериўшилеринен магистратура қәнигеликлерине қабыл етилген студентлердиң үлеси 10 процентке арттырылады.

Сырт ел тәжирийбелери тийкарында студентлерде әмелий көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде Жоқары оқыў орынларында оқыў процеси кредит-модуль системасында шөлкемлестирилип, билимлендириў процесслерин электрон билимлендириў басқарыўы системасы арқалы қадағалаў енгизиледи.

 

ӨзА