ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Хош хабар! «НМПИ» футбол командасы ҳүжимшиси «Ең жақсы топ урар» деп табылды

Бүгин, 7-январь күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Футбол федерациясының гезектеги конференциясы болып өтти.

Онда өткен 2019-жыл жуўмақлары бойынша жақсы нәтийжеге ерискен футболшылар сыйлықланды.

Қуўанышлы тәрепи, онда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультети 2-курс студенти, «НМПИ» футбол командасы ҳүжимшиси Амир Абдиразиев «Ең жақсы топ урар» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

«Ең жақсы топ урар» деп табылған студентимизге арнаўлы кубок ҳәм диплом, естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.