ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Халықаралық пресс-клубтың «Арал тәғдири: Теңиз шегинбекте, бирақ инсан шегинбейди» атамасындағы сессиясы болып өтеди

Усы жылдың 10-январь күни «Ўзбекистон 24» телеканалы арқалы Халықаралық пресс-клубтың «Арал тәғдири: Теңиз шегинбекте, бирақ инсан шегинбейди» атамасындағы сессиясы жанлы эфирге узатылады.

Онда тийкарынан «Аралды және қандай өзгерислер күтпекте?», «Арал машқаласына мүнәсибет өзгерди ме?», «Адамлардың реформаларға мүнәсибети қандай?» сораўларына жуўаплар алыныўы күтилмекте.

Халықаралық пресс-клуб бул мәселе бойынша сораўлар болса социаллық тармақлардағы каналларына мүрәжат етиў мүмкин екенлигин мәлим еткен.

 

Ислам Матеков.