ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ғайратлы жаслар Аралда (жол очерки)

Аралды көриў әрманым

 

Буннан бес жыл илгериде «Жеткиншек» газетасында «Аралды көриў әрманым» атлы кишкене ғана шырпының қутысындай мақалам шығып еди. Өзбекстан Қаҳарманы, ардақлы шайырымыз И.Юсуповтың «қудды динозавр қабырғасындай» кемелердиң сүлдерине сүйенип, ойшаң турған қөринислерин телевизордан ҳәр сапары көрсеткенде «корабльлер қойымшылығындағы елеслер» сыяқлы қүдиретли қосықлардың дөрелиўи усыннан, өз көзиң менен барып көриўден, дәртлесиўден, сырласыўдан дөрелген болса керек деймен…Нийетиң жолдасың дейди дана халқымыз. Оннан берли Мойнаққа, Аралға бир неше рет бардық 2017-жылы ҳүрметл Президентимиздиң басламасы менен өткерилген «Арал теңизи балықларынан 99 түрли тағам ҳәм Әинияз, Бердақ шайырлардың дөретиўшилигин кең үгит-нәсиятлаў» атамасындағы фестивальға қатнасып, теңиздиң бир бөлеги Көксуў бойын жағалағанбыз. 2019-жылда болса Арал теңизиниң шор суўларына түсип шомылып қайтқанбыз. Мойнақтағы жаңаланыўлар ҳаққында жазылған «Мойнақ. Кеше, бугин, ертен» атлы китаптың таныстырыў кешесине қатнасыў ушын Мойнақтағы зәўлим «Мәденият орайы»нда болғанбыз. Ал, быйыл болса теңиздиң бизге гийне етип таслап кеткен ултанына сапар шектик…

 

Микроавтобустан жолтаңламасларға

 

  Ҳүрметли Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь куни жаслар менен болған ушырасыўында «2020-жыл жаслар өмиринде үлкен бурылыслар жылы болады» деген еди. Таза жылға қәдем басыўдан-ақ биз буны сезе басладық.

  Таңғы саат бестееки микроавтобус толы жаслар Нөкистеги Жаслар орайы алдынан жолға шықтық. Еки саатқа жетпей әпсанаўий ҳәм заманагөй Мойнаққа жеттик. Бул ўақта шығыстан қүяш енди-енди саза берип киятырған, шолпан жулдызы кеўли тасып турған бул жасларды қыймай қыйылып атыр еди. Кишигирим фотосессия қылдық та микроавтобусларымызды жолтаңламас машиналарға аўмастырып, «қайдасаң Арал» деп жолға түстик. Бирақ мәнзилге жеткенше және усынша «Нөкис-Мойнақ» аралығындағы жолды (гейде жолсыз жолларды) басып өтиўимиз керек екен.

 

Әңгиме дүканы

 

Бизден кейин киятырған машинадағы операшы Шыраз Турсынбаевтың сыйқырлы ҳаўазы гейде бизиң машинамыздың магнитафонындағы музыка даўысын басып кетеди. «Ниҳол» сыйлығының ийеси Муҳаммед Төребековтың да гейде ҳәўижине шығып «яр санааа» дегенлерин еситип қаламыз. Ал, бизиң машинада болса операшы, яки бақсы, жыраў жоқ екен. Еки жас шайыр, еки блогер, бир журналист, бир муғаллим, бир спортшы. Сонда да бир-биримиз бенен әлпимиз алысып, барғанша жол өнсин деп әңгиме дүканын қурып бардық. «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Т.Жумамуратов айтқанындай биз де Аралға келдик оралып», «Сайтымыз ушын зор мақала шығатуғын болды», «Оқыўшылырыма усыларды айтсам исенбесе керек»…

 

Ҳәммемизди оятқан «будильник»

 

Ойлы-дөңли жол шаршатты ма әңгиме дүканымыз тарқасып, ҳәммениң көзи бир-бир илине баслады. Ҳәзир ғана әдебият ҳаққында толып-тасып сөйлеп отырған «Тилегим», «Пурсат» атлы еки қосық китаптың авторы шайыр достым Базарбай Жолдасбаевтың да басы машина орынлығына қыйсайып сүйенип қалыпты. Мен де қанша ўақыт уйықладым билмеймен, бир ўақыт тырылдаған сестен оянып кеттим. Қарасам бул сес ҳәммемиз ушын «будильник» болған екен. Мойнақшы азаматлар, сексеўилдиң туқымын териўге баратыр» деди шофёр аға қасымыздан үзик-үзик кәрўан болып өтип баратырған тиркемели мотоциклдеги адамларды көрсетип. «Туқымды қалай тереди?» деди журналист қыз шофёрды интервьюге тутып. «Бул жерлерде бойы бир қарыстан тап сениң аўылыңдағы тораңғыллардан да бийик өсетуғын сексеўиллер бар. Солардың шақасынан сытып алады туқымды. Туқымның ҳәр килосы он мың сумнан төлейди. Басында түсликте ыссы аўқат береди». Мотоциклши «шумахерлер» бизиң жолтаңламасты изде қалдырып, қалың сексеўилзарлар тәрепке жол алды.

 

 

Пәрўаз

 

Бир ўақытта машина айнасынан самолётлар көрине баслады. Жақынладық деди шофёр. Жерде қар. Қатара дизилген «Ан-2» самолётлары. Қасында қалта-қалта сексеўил туқымлары. Бәримиз телефонларымызды алып сүўретке түсиўге асықтық.  Бираздан «самолётта ушыўды қәлеўилер бар ма»деген даўыс шыққанда бирден фотосессия таўсылып қалып, ҳәмме «аўа, мен» десип қол көтерди. Ығбал жулдызы жанып, есапқа илинген 10 жас траптан көтерилдик. Ҳаўада самолёт айнасынан жерге қарар екенбиз, «бул жер ырастан да теңиз болған ба екен» дестик. Ушы қыйыры жоқ кең дала. Арқаның қубласы, шығыстың батысы-барлығы дала, саҳра. Пәрўаз пайты ҳәр жер-хәр жерде қатарласып сап тартқан тракторлар кәрўанын көрдик. «Бул Андижан ўалаятының жәрдемге келген тракторшылары. Булар болса хорезмли азаматлар», дейди жол көрсетиўши аға,-ҳәзир пүткил Өзбекстанның азамат тракторшыларыусы жерде сексеўил егиў мапазында. Өткен жылы 400 мың гектарға жақын жерге сексеўил, қарабарақ егилген болса бул жылы 700 мың гектарды гөзелеп отырмыз. Трактошылар ушын ҳәмме шараят жаратылған. Жыллы кийим, ыссы аўқат, ўақытша турар жай (вагон-қослар). Мине, мынаў өткен жылғы еккен туқымларымыз,-ол самолёт пәслегенинен пайдаланып бир «мақтанып алды». Сапта дизилген әскерлердей бой көрсетип турған кең майдандағы сексеўиллерди қөрип биз де қуўандық,-бул сексеўилдиң ҳәр бири 100 тоннаға дейин дуз ҳәм қумды көширмей иркип қалады. Пәрўаз ақырлап жерге қона басладық. Жерде болса бизди тап айға биринши қонған Нил Армстронгты күтип алғандай қарсы алды.

 

Тракторшы операшы

 

Кейинги мәнзил сексеўил егиў майданлары. Отыздан зыят трактор. Ҳәр биринде биреўден кеўли алып ушып турған жас. Бәйгидегидей бир сызыққа дизилген тракторларға «старт» берилиўден жер баўырын тилип, қарық тартыўға киристи. Базда шофёрдың көрсетпелери бойынша рульди де услап, өзимизди трактошылықта да сынап көрдик. Бир ўақта рульди сәл қөбирек айландырып жиберген болыўым керек, шофёр шаққанлық пенен басқарыўды өз қолына алды. Қарасам қасымыздағы тракторда Шыраз путкил даланы жаңғыртып қосық айтып баратыр. «Ҳаўазы жақсы екен, ким бул?» дейди жаңағы рульдеги хорезмли тракторшы. Бул Шыраз Турсынбаев деген жигит, Италияның Милан қаласындағы операшылар таңлаўында биринши орынды алған, кеше Президентимиз бенен ушырасыўда Қарақалпақстанда опера мектебин ашыўды усыныс етти. Енди бизде де опера мектеби болады. Шыраздың даўысы пүткил Аралдқум саҳрасын бийлеп алғандай еди…

 

«Едиге»ден «Айдынлар»ға

 

  Қара үйлерде түслик қылып болған соң ортаға жағылған от әтирапында жыйналыстық. Бул сапары жыраў Саламат Аяповтан «Едиге»ни еситтик. Соң ҳәмме үн қосып «Айдынлар»ды жаңлаттық. Гүркиреп жанып турған жалын, йошлы қосықлар кеўлимизге де көшти. Тап толқынлы теңиз бойында турғандай сездик өзимизди.

 

Көрискенше хош, Арал

 

Сәл иркилсек қас қарайып күн батып қалажақ. Келген жолтаңламасларға отырдық та хош қал, теңиз деп жолға түстик. Ол жерде ҳәзир теңиз жоқ екенинлиги қыялымызда жоқ. Билетуғынымыз биз тек Арал теңизине бардық. Бизди Нөкиске дейин алдында 400 кмге шамалас жол күтпекте. Бәримиздиң телефонымыздың яды бүгинги сапардағы сүўретлерге, видеоларға толып қалыпты. Жүрегимизде болса еле орын көп. Буйырса еле бул жерге үлкен тоғайлықларға келемиз, яки несип етсе үлкен кемелерде теңизге саяхат етиў ушын қайтамыз. Көрискенше хош, Арал!

 

Аллаяр Дарменов,

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.