ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Стипендия реформасынан зыян көрген студентлердиң пуллары қайтарыла ма? Министр жуўап берди

Жаслар пресс-клубының 13-январьдағы сессиясы билимлендириў системасындағы мәселелерге арналды.

Илаж соңында Kun.uz хабаршысы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидовқа ҳәзирги ўақытта студентлерге төленип атырған стипендиялардың жаңа тәртиби «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамға қаншелли сәйкес ҳәм бул өзгерис қайсы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында исленди, мазмунындағы сораў менен мүрәжат етти, деп жазбақта басылым.

 

— Жаңа тәртипке Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және жоқары оқыў орынларына берилген ўәкиллик тийкарында өтилген. Усы жол арқалы жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мақсет етип алынған.

Стипендияларды теңлестирейик, деген усыныс қашан пайда болды? Дифференциалласқан стипендия тәртибинде студентлер өз баҳасын жасалма түрде көтериўге ҳәрекет етеди. Буның ақыбетинде коррупция жүзеге келеди.

Әлбетте, коррупцияға қарсы гүресиўдиң басқа онлаған жоллары бар, бирақ бул системаның қолайлы тәрепи – бул арқалы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мүмкин, ҳәм жақсы оқыйтуғын студентлер хошаметленеди.

Ҳәзир социаллық тармақларда бул система надурыс талқыланбақта. Мазмунына итибар берилип те атырғаны жоқ, — деген министр.

 

«Бул өзгерис қайсы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында исленди?» деген сораўға И.Мажидов:

— Бул – мәкемелердиң қарары. Қарардың ақырға варианты енди шығады. Бул жаңалық стипендия бериў бойынша мәкеме ҳүжжети тийкарында исленген, — деп айтып өткен.

Министр анық қайсы мәкемениң ҳүжжети ҳаққында сөз болып атырғаны, оның қаншелли ҳуқықый тийкарғы ийе екенлигине тийкар келтирип өтпеген.

Министрдиң мәлим етиўинше, тез арада студентлерге өзлерине тийисли болған пуллар қайтарып бериледи.

Соның менен бирге, 1-курс студентлери ҳәм алдынғы семестрди «3» баҳасына жуўмақлаған студентлерден оларға төленген артықша пуллар қайтарып алыныўы ямаса алынбаўы мәселеси анық болмай қалмақта.

Мағлыўмат ушын, алдын ҳуқықтаныўшы-блогер, Республикалық жоқары билимлендириў кеңесиниң ағзасы Х.Худайбердиев бирдей стипендия төлеўге ҳүкиметтиң ҳәзирше ҳақы жоқ екенлиги, Өзбекстанда дифференциалластырылған стипендия төлеў тәртиби елеге шекем бийкар етилмегени және өз күшинде турғаны ҳаққында жазған еди.

Оның пикиринше, сентябрь айынан баслап барлық студентлерге бирдей 400 мың сумм стипендия төленгени ҳеш қандай ҳуқықый тийкарға ийе емес.

 

Ислам Матеков.