ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Миллий армиямыз – таянышымыз ҳәм мақтанышымыз

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ушырасыў кешеси болып өтти.

«Миллий армиямыз – таянышымыз ҳәм мақтанышымыз» атамасындағы ушырасыўды институт проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Илажға 7261-санлы әскерий бөлимниң хызметкерлери Ы.Сапаров, Р.Матчанов, С.Шакиров, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов ҳәм институттың студент-жаслары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимиздиң тынышлығы, халқымыздың парахатшылықта абадан турмыс кешириўи ушын ҳәр биримиз жуўапкер екенлигимизди, ҳәр бир пуқараның кеўлинде Ўатанға болған муҳаббат пидайылыққа қарай бағдарлайтуғынлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Ғәрезсизлик дәўиринде республикамыз армиясы ҳәм руўхый, ҳәм физикалық жақтан шыныққан, потенциалы жоқары кадрлар менен толысты. Миллий армиямыздың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй қурал-жарақлар, техникалар менен тәмийинлеўге айырықша итибар қаратылып, армиямыз сапалық көрсеткишлери жағынан жоқары дәрежеге еристи.

Әсиресе, соңғы жыллары Қураллы Күшлер системасында алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў, ҳәр қыйлы халықаралық жарысларға қатнасыў арқалы армиямыздың дәрежесин жоқарылатыў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Әскерий хызметкерлерге болған Ҳүкиметлик итибар ҳәм ғамқорлықлар нәтийжесинде тараў хызметкерлериниң социаллық жағдайлары да жақсыланбақта.

Булардың ҳәммеси елимиз жасларының миллий армия қатарларында хызмет етиўи ушын қызығыўшылық оятпақта.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков.

Автордың түсирген фотосүўретлери.