Физика-математика, сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетлеринде байрамға бағышланған ушырасыў болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-математика факультети менен сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға 9202-санлы әскерий бөлим хызметкерлери – капитан Ш.Ниёзметов, киши сержант Ў.Олимов, мүддетли әскерий хызметти атқарып атырған Р.Абдумўминов, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер С.Аяпбергенова ҳәм М.Абдижаппаровалар қатнасып, студент-жасларға тараўдағы реформалар, жаңалықлар ҳәм өз алдына кәсиплик машақатлары ҳаққында айтып берди.

Өз гезегинде, студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ушырасыўда әскерий хызметкерлерге байрам саўғалары тапсырылды.