ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультетинде байрамға арналған өзгеше плакатлар исленди

Педагогика факультетинде бир топар белсенди ҳәм талантлы жаслардың басламасы менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамына арналған ҳәр қыйлы образлардағы қутлықлаў-плакатлары исленди.

Олар факультеттиң кириў есиги алдына қыстырылды. Бул болса факультет жасларының итибарын тартып, байрам кейпиятын инәм етти.