ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Елликқала педагогика факультетинде Ўатан қорғаўшылары күни белгиленди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультетинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Факультеттиң талантлы жаслары атқарыўындағы Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхындағы қосықлар, аяқ-ойынлар ҳәм ҳәр қыйлы сахналық көринислер жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.