ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстан халық бақсысы менен ушырасыў үлкен тәсир қалдырды

Педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының студентлери қатнасыўында Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов  пенен ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўға музыка тәлими кафедрасының доценти С.Тажетдинова, факультет деканының орынбасары Ж.Султамуратов, музыка тәлими кафедрасының оқытыўшысы  И.Мояновлар да қатнасты.

Халық бақсысы Ғ.Өтемуратов  жасларға өз өмир жолы, бул тараўға кирип келиўи, мийнет жолы, таярлаған шәкиртлери, шаңарағы, перзентлери ҳаққында кең түрде айтып өтти. Ол өз сөзинде бүгинги күнде елимизде бақсышылық өнериниң  раўажланыўы ушын жаратылған имканиятлар нәтийжесинде бир қатар шәкиртлериниң жетилисип шыққанлығын, солардан Қарақалпақстан халық бақсысы Г.Алламбергенова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатлары Г.Ақымбетова ҳәм У.Орынбаева, “Ниҳол” сыйлығының лаўреаты Л.Мухамматдинова ҳәм басқа да бир қатар шәкиртлерин айтып өтти. Сондай-ақ,  “Мухаллес” дуўтаршылар ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы екенлиги, бүгинги күнде ансамбльдиң табыслары, алдағы режелери ҳаққында айтты. Бүгинлиги тек ғана шәкирт таярлап емес, соның менен бирге, “Дуўтар заўқы”, “Кеўил наласы” , “Ана” сыяқлы намаларды дөретмп атырғанлығын мәлим етти.

Ушырасыў  даўамында студент-жаслар да өзлериниң пикирлери, усыныслары менен кешеге белсене қатнасты.

— Бүгинги ушырасыў менде үлкен тәсирлер қалдырды, Өзбекстан халық бақсысы  Ғ. Өтемуратовтың өмир-жолы, дәслеп рубап әсбабында өзин сынаған болса кейин ала бул тараўға кирип келиўи бойынша мағлыўматларға ийе болған болсам, узтаздың үлги аларлық көплеген тәреплерин көре алдым, — дейди студент Е.Орынбаева.

Ушырасыў жуўмағында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Турсынбай Ильясов,

Педагогика факультети 2-курс студенти.