ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Түркий тиллер факультетинде «Китап – руўхый дүньямыз ғәзийнеси» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди

Бүгин, 17-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Бес баслама – бес имканият» атамасында жаслар арасында бир неше илажлар өткерилди.

Институтта бес баслама шеңберинде жасларды китапқумарлыққа бағдарлаўға айырықша итибар қаратылған. Институт мәлимлеме-ресурс орайында «Китапқумарлар клубы» шөлкемлестирилген болып, онда белгили шайыр ҳәм жазыўшылар менен ушырасыўлар, китап ярмаркалары ҳәм басқа илажлар турақлы өткерилип келинбекте.

Бүгин институттың мәлимлеме-ресурс орайында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятындағы орны гиреўли тулғалар Әлийшер Наўайы, Бабур, Әжинияз, Бердақ, Ибрайым Юсупов дөретпелерин талқылаўға бағышланған “Китап – руўхый дүньямыз ғәзийнеси” атамасында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўды Түркий тиллер факультетиниң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары, филология илимлери бойынша философия докторы, шайыр П.Дабылов алып барды.

Ушырасыўда Түркий тиллер факультети профессор-оқытыўшылары филология илимлери бойынша философия докторлары Қ.Мамбетов, С.Бекчанова, Т.Төрткүлбаева, Н.Алламбергеновалар шығып сөйлеп, китап оқыўдың инсанды кәмилликкке жетелеўши роли ҳаққында айтып берди. 

Соң талабалардан А.Хушанов, Н.Аликуловалар көркем шығармалардан монологлар, Наўайы ғәззеллеринен үзиндилер атқарды.

Ушырасыў талабалардың өз-ара пикир таласы менен даўам етти.

 

П.Дабылов,

Түркий тиллер факультетиниң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары.