ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Олий Мажлис Сенатына Қарақалпақстаннан кимлер сайланды?

Усы жыл 17-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутаты болып сайланғаны менен қутлықлады.
Сайлаў кодексиниң 78-статьясына муўапық қоспа мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов кирис сөз бенен ашты. Ол өз сөзинде Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине өткерилген сайлаўлардың жуўмағына жоқары баҳа берди. Соның менен бирге, Сайлаў кодексине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.
Мәжилиске басшылық етиўге 22-санлы «Наўайы» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Ҳамраевты усыныс етти. Бул усыныс депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Буннан кейин қоспа мәжилис жумысын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў ушын жумысшы қурамы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша Мәсләҳәт кеңеси, мәжилис секретариаты, есап-санақ комиссиясының ағзалары ашық даўыс бериў жолы менен сайлап алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларынан сайланған Мәсләҳәт кеңеси ағзаларының басқа бөлмеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша мәжилиси болып өтти.
Мәсләҳәт кеңесиниң баслығы 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У.Жалменов мәжилисте қабыл етилген қарар бойынша мәлимлеме берди. Сенат ағзаларын сайлаў бойынша өткерилетуғын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў ушын таңлап алынған алты депутаттың кандидатурасы қоспа мәжилис додалаўына усынылды.
Қоспа мәжилис Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен Сенат ағзаларын сайлаў бойынша сайлаў бюллетенине киргизиў ушын 26-санлы «Жийдели-Байсын» сайлаў округинен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы Г.Аннақлышева, 36-санлы Хожели сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының директоры О.Атаниязова, 54-санлы «Халқабад» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров, 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, 29-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдиновлар усынылды.
Ашық-айдынлық пенен өткен додалаўлардан соң депутатларға талабанлардың ҳәр бириниң мийнет жолы, турмыслық тәжирийбеси, исшеңлик, шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Ашық даўыс бериў жолы менен Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен усынылған алты депутаттың кандидатурасын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.
Буннан кейин Сенат ағзаларын сайлаў болып өтти. Демократиялық принциплер тийкарында өткен сайлаўда ҳәр бир депутат жабық даўыс бериў жолы менен даўыс бериўи шөлкемлестирилди.
Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанларға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.
Даўыс бериў нәтийжелери бойынша көрсетилген алты талабанның барлығы депутатлар тәрепинен жоқары даўысқа ийе болып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.