ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкисте және бир жоқары оқыў орнының филиалы шөлкемлестириледи

 
Нөкисте және бир жоқары оқыў орнының филиалы шөлкемлестириледи
Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң тийисли қарар жойбары жәрияланды, деп жазбақта «Кун» басымылы.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Нөкис қаласында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына разылық берилиўи мүмкин.
Төмендегилер Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленеди:
— кәншилик жумысы, кәншилик электр механикасы, электр энергетикасы, технологиялық процеслер ҳәм өндиристи автоматластырыў және басқарыў, машина өндириси технологиясы ҳәм машина өндирисин автоматластырыў бағдарлары бойынша жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелерди халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў;
— студентлер әмелиятын Тебинбулақ кәни негизиндеги кән-металлургиялық комплексинде шөлкемлестириў ҳәм оларға ислеў имканиятын жаратыў;
— сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынлары менен, атап айтқанда, кән-металлургия тараўында Россия Федерациясының жетекши жоқары оқыў орынлары менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында тәжирийбели кадрлар таярлаў;
— кән-металлургия тараўының барлық бағдарлары бойынша тәжирийбели кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, кәрханалардың машқалаларын шешиўге бағдарланған инновациялық изертлеўлерди жедел раўажландырыў;
— оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм илимий излениўлер процесине тәжирийбели қәнигелерди кең түрде тартыў мақсетинде өндирис ҳәм қайта ислеў тараўларындағы республикалық ҳәм сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынлары және илимий орайлары менен бирге ислесиў бойынша байланысларды күшейтиў;
— республикалық ҳәм сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары және илимий орайларға үмитли жас питкериўшилерди магистратура ҳәм докрантураға турақлы түрде жибериў арқалы Филиалдың илимий-педагогикалық потенциалын арттырып барыў;
— Филиалдың аймақлық ҳәм халықаралық көлемдеги абырайын арттырыў мақсетинде сырт ел пуқаралары ушын билим алыў имканиятын кеңейтиў ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбени енгизиў;
— вебинарлық билимлендириў усылларын енгизиў ҳәм раўажландырыў.
Белгилеп өтилиўинше, Филиалда оқыў процеси 2020-2021-оқыў жылынан басланады ҳәм студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыға отырып белгиленеди.

Ислам Матеков.