ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Соңғы еки жылда жоқары оқыў орынларында коррупциялық жағдайлар бойынша жуўапкершиликке тартылғанлар саны қанша?

18-январь күни бас прокурор Н.Йўлдошев басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Республикалық мәкемелер аралық комиссиясының кеңейтилген жыйналысы болып өтти.
Онда атап өтилиўинше, коррупциялық жағдайлар тийкарынан студентлик қатарына қабыллаў, оқыў процесинде тапсырылатуғын ҳәр қыйлы тапсырмалар, студентлердиң питкериў қәнигелик жумысы ямаса магистрлик диссертациясын таярлаў ҳәм қорғаў, магистратураға қабыллаў, сондай-ақ, студентлердиң оқыў орнын көшириў, оқыў бағдарын өзгертиў және оқыўға қайта тиклеўде коррупциялық жағдайлар бақланбақта.
Жыйналыста соңғы еки жылда системадағы 326 хызметкер билимлендириў процеси менен байланыслы жынаятлары ушын жуўапкершиликке тартылғанлығы, олардың 220 сы колледж ҳәм лицейлерге, 106 сы жоқары оқыў орынларына туўра келгенлиги сынға алынды.
Мәлим болыўынша, институт ҳәм университетлерде жынаятты әмелге асырған хызметкерлердиң 3 еўи ректор, 5 еўи проректор, 15 си декан ҳәм декан орынбасарлары, 62 си оқытыўшылар болып табылады.
Колледж ҳәм лицейлерде болса 34 директор, 31 директор орынбасары, 94 муғаллим жынаятқа қол урған.

Ислам Матеков.