ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Коррупция ең көп ҳәўиж алған жоқары оқыў орынлары қайсылар?

18-январь күни бас прокурор Н.Йўлдошев басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Республикалық мәкемелер аралық комиссиясының кеңейтилген жыйналысы болып өтти.
Жыйналыста мәмлекеттеги ең коррупцияласқан жоқары оқыў орынлары қайсылар екенлиги мәлим етилген.
2018-жылда «Жәмийетлик пикир» жәмийетшилик орайы тәрепинен өткерилген сораўнамада қатнасқанлардың 29 проценти жоқары билимлендириў системасында коррупция кең тарқалған деген пикирди билдирген болса, 2019-жылда бул унамсыз көрсеткиш 35 процентти қураған.
Өткен жылдың август айында Интернет арқалы өткерилген сораўнамада Юридикалық, Экономика, Миллий, Мәлимлеме технологиялары университетлери және Медицина академиясы коррупция ең көп тарқалған жоқары оқыў орынлары сыпатында көрсетилген.

Ислам Матеков.