ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қыс мәўсими не ушын дерлик қарсыз өтпекте?

Соңғы жылларда қыстың жыллы болып келиў жағдайлары ҳәм жаўын-шашынлардың тийкарынан қар көринисинде емес, жаўын көринисинде болыўы бақланбақта. Ҳаўаның температурасы түскенде жаўған қарлар болса күн жылыўы менен тегислик жерлерде бир қатар қар қатламын пайда етпестен тез ерип кетпекте. «Kun.uz» Өзгидромет пенен биргеликте не ушын қыс мәўсими дерлик қарсыз өтип атырғаны бойынша таярлаған материалында усылар ҳаққында сөз болған.
Климат өзгерислери ҳаўа райы шараятына тәсир етеди. Бақланып атырған глобаллық климат жылыўы нәтийжесинде болса жыллылық толқынларының тез-тез қайталаныўы, жаўынлардың бир тегис емес жаўыўының күшейиўи, қурғақшылық, температураның кескин жылыўы, суўыў урыўы, күшли жаўын-шашынлар, сел сыяқлы экстремал ҳәдийселердиң саны артып бармақта.
Климаттың «нервли» жағдайы күшеймекте. Қурғақ ҳәм ҳәдден тыс ығал аймақлар арасында, қурғақ ҳәм жаўынлы мәўсимлер арасындағы парқ артып бармақта.
Ең соңғы изертлеўлерге қарағанда, Өзбекстанда температураның өсиў жеделлиги Жер шары бойынша орташа өсиў жеделлигинен жоқары.
Бирақ, глобаллық жылыў дегени ҳәр бир келеси жыл алдынғы жылдан ыссы болады дегенди аңлатпайды. Бунда көп жыллық өзгерис нәзерде тутылады, яғный соңғы 20-30 жыл алдынғы 10 жыллықларға салыстырғанда орташа жыллы болады.
Соңғы 10 жыллық мүддетте Өзбекстанда тек ғана еки мәўсимде жылдың орташа температурасы нормадан бираз төмен болды, қалған жылларда болса температура орташа көп жыллық өлшемлерге салыстырғанда жыллырақ болды.
Соған қарамастан, температураның жылыў тенденциясы айырым дәўирлер, айлар ямаса мәўсимлердиң суўық болып келиўи мүмкинлигин шеклемейди.
2016-жыл Өзбекстандағы пүткил метеорологиялық бақлаўлар тарийхы дәўиринде ең жыллы болған жыл сыпатында дизимге алынған.
Соңғы 20 жыл ишинде декабрь айындағы ең суўық температура -15 градус болған болса (2002-жыл 5-декабрь), ең ыссы температура +23 градусты қураған (2010-жыл 14-декабрь).

Ислам Матеков.