ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Госплан» деген гәп болмайды: Пахта ҳәм ғәллени жетистириўдиң мәмлекетлик жобасы сапластырылады – Президент

Президент парламент палаталарының қоспа мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде пахта ҳәм ғәллени жетистириўдиң мәмлекетлик жобасы системасының сапластырылыўы ҳаққында айтып өтти.

Мәмлекетимиз басшысының атап өтиўинше, буған басқышпа-басқыш ерисиледи.

«Енди «госплан» деген гәп болмайды. Аграр тараўда кластер системасы раўажланбақта. Мийўе-овощ, балықшылық бойынша жумыслар алға илгерилемекте. Бирақ, кластерлер жумысларының барлығы да жақсы жолға қойылмай атыр. Себеби, ол жерде де коррупция бар. Айырымлар банк пенен есапласыўдан қорқады», — деп айтып өткен Ш.Мирзиёев деп жазбақта «Кун» басылымы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.