ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги билимлендириў факультетинде китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға арналған илаж өткерилди

Елимизде жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиз жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айырықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бес баслама ислеп шығылған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мектепке шекемги билимлендириў факультети мектепке шекемги билимлендириў бакалавр бағдарының 4-«Б» топар студентлери арасында бес басламаның төртиншиси – Жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кең түрде үгит-нәсиятлаўға арналған илаж өткерилди.