ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Физика-математика факультетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият илажлары өткерилди

Институттың физика-математика факультетинде профессор-оқытыўшылар қатнасыўында коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға бағышланған илаж өткерилди.

Илажды факультет деканы А.Камалов басқарып барды.

Онда коррупция ҳәр қандай тараўдағы раўажланыўлардың тамырына балта уратуғын иллет екенлиги, елимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы нормалар ҳәм олардың мазмунына байланыслы баянатлар жасалып, пикир алмасылды.