ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжаты басланды. 2020-жылға атама берилди

«Tashkent City»деги Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына гезектеги Мүрәжатты жолламақта.

«Кун.уз» сайтының хабар бериўинше, Президент өз баянатын сайлаўлар ҳәм демократиялық реформаларға байланыслы пикирлери менен баслады.

«Барлық депутат ҳәм сенаторларға, олар арқалы пүткил Өзбекстан халқына мүрәжат етип айтпақшыман, демократиялық реформалар жолы – биз ушын бирден-бир ҳәм ең туўры жол есапланады. Жәмийет – реформалар баслаўшысы деген жаңа идея, күнделикли жумысларымызға кем-кемнен терең кирип бармақта», — деди Президент.

Хабар бериўинше, Президент 2020-жылды «Илим-мағрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.