Билимлендириўдиң барлық басқышларына жедел интернет ҳәм технологияларды енгиземиз – Президент
Билимлендириўдиң барлық басқышларында халықаралық үлгилерге туўра келетуғын жедел интернет ҳәм технологияларды енгизиўимиз керек. Келеси 2 жылда 12 мың мәкеме жедел интернет пенен тәмийинленеди, – деди Президент парламентке Мүрәжатында.
Мәмлекетимиз басшысы билимли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги, жасларға шараят жаратсақ, келешекте үлкен нәтийжелерге ерисетуғынлығымызды айырықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги