ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика бойынша жоқары оқыў орынларында 6 бакалавр бағдары бойынша оқыў 3 жыллық болады (дизим)

Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатында педагогика бойынша жоқары оқыў орынларында 6 билимлендириў бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленетуғынлығы атап өтилди.

2020-2021-оқыў жылынан баслап кадрлар таярлаў бойынша оқыў мүддети 3 жыллық болатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық билимлендириў тараўының бағдарлары төмендегилер:

— Музыкалық билимлендириў;

— Дене мәденияты;

— Технологиялық билимлендириў;

— Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў;

— Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;

— Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде дене тәрбиясы ҳәм спорт.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги