Елимизде геология бойынша қәнигелер қалмады. Геологияға қәнигелескен жаңа жоқары оқыў орнын ашамыз – Шавкат Мирзиёев
Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында геология менен шуғылланыўшыларға усы ўақытқа шекем 100 миллион сум былай турсын, 20 миллион сум да берилмегенин атап өтти.
– Елимизде геология бойынша қәнигелер қалмады. Усы мақсетте геологияға қәнигелестирилген жаңа жоқары оқыў орнын ашамыз ҳәм ол жерге сырт елли қәнигелерди шақырамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, салық тараўында күшли қәнигелерди таярлаў ушын Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискал институт шөлкемлестириўди усыныс етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги