ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Президент парламентке Мүрәжатында журналистлер ҳәм блогерлерди қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди

Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына жоллаған Мүрәжатында өткен 3 жыл даўамында Өзбекстанда сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин жумыс алып барыўы ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын ҳуқықый тийкарлар және кең имканиятлар жаратылғанын атап өтти.

Буннан кейин де «Төртинши ҳәкимият» ўәкиллериниң еркин ҳәм объектив жумыс алып барыўы, республикамызда әмелге асырылып атырған жедел реформаларды халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик ушын ашық-айдын сәўлелендириўи ушын барлық шараятларды жаратамыз. Орынлардағы машқала ҳәм кемшиликлерди түп-тийкарынан ашып бериў, оларды объектив түрде сәўлелендириўде мен профессионал журналистлерди бәрқулла ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тайынман, — деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги