ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Халықаралық Қазақ-түрк университети профессорлары дене мәденияты факультети студентлерине сабақ өтпекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында сырт еллердеги, әсиресе, қоңсылас республикалардың жетекши жоқары оқыў орынлары менен кадрлар таярлаў, илимий изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў ҳәм профессор-оқытыўшылар және студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Институттың дене мәденияты факультетинде Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақ-түрк университети профессоры Шамурат Уразов ҳәм доцент Серик Ақназаров 1-курс студентлерине дене тәрбиясы теориясы ҳәм методикасы пәнинен сабақ өтпекте.

— Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақ-түрк университети менен илимий-педагогикалық жумысларда байланысымыз жылдан-жылға беккемленип бармақта, — дейди факультет деканы А.Утепбергенов. – Ҳәр жылы усы жоқары оқыў орнынан профессорлар келип, студентлеримиздиң теориялық ҳәм әмелий көнликпелерин беккемлеўге өз үлеслерин қосып атырған болса, бизиң факультетимиздиң оқытыўшылары да Халықаралық Қазақ-түрк университетинде сабақ өтип, өз тәжирийбелерин бөлисип келмекте.

Сабақлардан тыс ўақытларда қазақстанлы профессор-оқытыўшылар факультеттиң 2-курс студентлерине жеңил атлетика ҳәм оның қурамына киретуғын бир неше спорт түрлери, сондай-ақ, миллий халық ойынлары бойынша студентлердиң билимлерин беккемлеў мақсетинде мастер-класслар шөлкемлестирмекте.

Бундай шеберлик сабақлары даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, билим ҳәм көнликпелерин беккемлемекте.

Мағлыўмат ушын, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети – Қазақстандағы ең дәслепки ашылған халықаралық жоқары оқыў орны болып, түркий тиллес мәмлекетлер арасында халықаралық абыройға ийе болған, түркий дүньясы жасларын бирлестирген дәслепки билим ҳәм илим орайы болып табылады.

 

НМПИ баспасөз хызмети