ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги тәлим факультетинде Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды

27-январь күни Мектепке шекемги тәлим факультетинде НМПИ оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ҳәм факультет деканы М.Алламбергенованың басшылығында жыйналыс болып өтти.

Факультет профессор-оқытыўшылары Президентимиздиң 2020-жылды «Илим-мәрифат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп белгилегенин қоллап-қуўатлады.

Президент Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлис палаталарына Мүрәжатында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша парламент ҳәм Президентке бойсынатуғын мәмлекетлик уйым шөлкемлестирилетуғыны, профессор-оқытыўшылар мәмлекетлик грант есабынан шет елде билимин жетилистириўи, билимлендириўдиң барлық басқышларында жедел интернет ҳәм технологияларды енгизиўи, педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларында 6 бакалавр тәлим бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленгени, жоқары оқыў орынларында қызлар ушын айрықша грантлардың ажыратылыўы, мәмлекетлик грант орынлары 2 есеге көбейиўиниң, әлбетте үлкен жаңалық болғанлығы атап өтилди.