ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтта 4 топар сәрдарының (староста) коррупциялық жағдай бойынша оқыўдан шетлетилиўи мүмкин екенлиги ҳаққындағы пост бойынша

«Telegram» тармағындағы «Saidahmadov blogi» каналында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы М.Альжановқа тийкарланып, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 4 топар сәрдарының (староста) коррупциялық жағдай бойынша оқыўдан шетлетилиўи мүмкин екенлиги ҳаққында пост жәрияланды.

 

Институтта 2020-жыл 25-январь күни коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға бағдарланған кеңейтилген ушырасыўда профессор-оқытыўшылар ҳәм топар сәрдарлары (старосталар) да қатнасып, оларға оқыў процесинде коррупциялық жағдайларға жол қоймаў, бундай ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

 

Ушырасыўда быйылғы оқыў жылында 4 топар сәрдарының (староста) коррупциялық жағдайға араласыўының алды алынғанлығы, егер барлық профессор-оқытыўшылар ҳәм топар сәрдарлары (староста) усы унамсыз жағдайлардан сабақ шығармайтуғын болса аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкинлиги, атап айтқанда, жынайы жуўапкершилик пенен биргеликте жумыстан яки оқыўдан шетлетилиўи де мүмкинлиги атап өтилген еди.

 

Ушырасыў жуўмағында институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы М.Альжанов ҳәм институт жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Б.Гүлимбетовлар барлық топар сәрдарлары (староста) менен түсиндириў жумысларын алып барды.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты коррупциялық жағдайға араласыўының алды алынған топар сәрдарлары (староста) ҳәм олардың ата-аналары менен түсиндириў жумысларының өткерилгенлиги, олардың орнына студентлердиң өзлери тәрепинен сайланған ҳәм тийисли жуўапкер адамлар тәрепинен мақулланған жаңа топар сәрдарлары (староста) сайланғанлығы, олардың ҳәрекетлери қатаң қадағалаўға алынғанлығы, сондай-ақ, олардың оқыўдан шетлетилмейтуғынлығын мәлим етеди.

 

«Жаңылмас жақ, сүрникпес туяқ болмас» дейди дана халқымыз. Институт жәмәәти келешек ийелери болған ҳәр бир студенттиң оқыўы, тәрбиясы ҳәм турмысы ушын жуўапкер екенлигин терең сезинип, кемшиликлерге жол қойған жаслар ушын имканият бериўди мақул, деп есаплайды.

 

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети