ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Үзликсиз мәнаўий тәрбия концепциясын әмелге асырыў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем таслап атырған бүгингидей дәўирде тәлим-тәрбия системасына айырықша итибар қаратылып, жаңаша талаплар ислеп шығылмақта.

Усы тийкарда 2019-жыл 31-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Үзликсиз мәнаўий тәрбия Концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Бүгин, 28-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы қарардың мазмуны, әҳмийети, әмелде қолланылыўы мәселелерине бағышланған «Үзликсиз мәнаўий тәрбия концепциясын әмелге асырыў мәселелери» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Конференцияда академик Ж.Базарбаев «Мәнаўият қүдиретли күш – тәрбияның бас буўыны», доцент Қ.Қадиров «Жаңа Өзбекстан: Жаңаша тәрбияның концептуал тийкарлары», баслаўыш тәлим факультети деканы У.Сейтжанова «Шаңарақларда үзликсиз мәнаўий тәрбияны әмелге асырыў мәселелери», мектепке шекемги тәлим кафедрасының баслығы Г.Жумашева «Мектепке шекемги билимлендириў системасында үзликсиз мәнаўий тәрбияны әмелге асырыў жоллары», баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының доценти А.Пазылов «Улыўма орта билимлендириў системасында мәнаўий тәрбияны шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў мәселелери» атамаларында баянатлар жасады.

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, мәмлекетимиз «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» принципи тийкарында раўажланыўдың жаңаша басқышына қәдем тасламақта. Бунда бир-биринен ажыратыўға болмайтуғын тәлим ҳәм тәрбияны үзликсиз түрде шөлкемлестириў жоқары этикалық пазыйлетлерге ийе, дүньяқарасы ҳәм ойлаў шеңбери кең, руўхый ҳәм физикалық жақтан жетик, ўатанға болған муҳаббаты жоқары жасларды жетистириўге хызмет етеди.

Үзликсиз мәнаўий тәрбия Концепциясы улыўма 3 басқышта әмелге асырылыўы белгиленген. Булар:

1) Шаңарақларда – ҳәмиледарлық ўақыттан баслап баланың 3 жасқа шекемги дәўирин өз ишине қамтыйды;

2) Мектепке шекемги билимлендириў – 3-6(7) жасқа шекемги дәўир;

3) Улыўма орта билим бериў – 7 жастан 17 жасқа шекемги дәўир;

4) Өндиристе жумыс алып барып атырған ҳәм бәнт болмаған жаслар, сондай-ақ, орта арнаўлы кәсип-өнер және жоқары оқыў орынлары системасында оқып атырған жаслар.

Тәрбияға жаңа тәризде қатнас жасаў жоқарыда келтирилген 4 басқышта әмелге асырылып, жаслардың мәнаўий тәрбиясын илимий-методикалық жақтан үзликсиз көринисте, жаңа дәрежеге көтериўди талап етпекте.

Қарарда, сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 1-9-класслары ушын өтилетуғын «Әдепнама», «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм мәнаўият тийкарлары», «Динлер тарийхы» пәнлерин бирлестиретуғын «Тәрбия» пәнин енгизиў мәселесине айырықша итибар қаратылғаны баянатшылар тәрепинен атап өтилди ҳәм жоқары баҳа берилди.

Конференцияда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Қ.Юсупов ҳәм басқа да тараў ўәкиллери сөзге шығып, бул Концепцияның жаслар тәрбиясындағы әҳмийетине үлкен баҳа берди. Және де қарардың орынланыўы, әмелиятқа кең енгизилиўи бойынша өз усынысларын билдирди.

Елимизде жаслар тәрбиясын заманагөй тийкарда илимий-методологиялық жақтан реформалаў бойынша алып барылып атырған бундай жумыслар нәтийжесинде келешеги уллы мәмлекетти қуратуғын белсенди ҳәм пидайы, ақылый ҳәм физикалық жақтан жетик инсанлар жетилисип шығады.

Конференция сораў-жуўаплар ҳәм өз ара пикир алмасыўлар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотосүўретлери.