ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Абитуриентлер ушын әжайып жаңалық!

Абитуриентлер ушын 2019-2020-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына тест сынақларында 3 бакалавр билимлендириў бағдарын сайлаў тәртиби енгизилген еди. Ҳүкиметлик қарар тийкарында енгизилген бул тәртип нәтийжесинде абитуриентлердиң оқыўға кириў имканияты 3 есеге артты.

Быйылғы жылғы қабыллаўдан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын 6 бакалавриат билимлендириў бағдарын сайлаў имканиятының берилиўи тараўдағы әжайып жаңалықлардың бири болды.

ӨзАның жазыўынша, өткен жылдағы қабыллаў дәўиринде 3 бакалавриат билимлендириў бағдарын сайлаў имканияты жаратылған болса да, пәнлер избе-излиги, баҳалаў критериялары ҳәр қыйлы (3,1; 2,1; 1,1 балл) болғанлығы себепли имканияттан толық пайдаланылмады. Усыныс етилип атырған жаңалыққа муўапық буннан былай пәнлер комплекси избе-излиги, ҳәр қыйлы балл бериў түсиниги болмайды. Быйылғы жылдан баслап мәжбүрий пәнлерден дурыс деп табылған ҳәр бир жуўапқа 2,1 баллдан бериледи, сайланған билимлендириў бағдарына сәйкес 2 пән бойынша дурыс жуўап бирдей – 3,1 баллдан баҳаланады. Нәтийжеде абитуриентлерди қамтыў шегарасы кеңейди.

 

Ислам Матеков.