Институттың 2 студенти «Универсиада-2020» спорт жарысларының стол тенниси бойынша жуўмақлаўшы финал басқышында қатнасады
Хабарыңыз бар, усы жылдың 3-6-январь күнлери «Универсиада-2020» спорт жарысларының стол тенниси бойынша жуўмақлаўшы финал басқышы Ташкент қаласында болып өтеди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети студентлери Гүлзира Абенова ҳәм Фаҳриддин Ражабов та қатнасады.
Институт проректорлары, факультет деканлары ҳәм декан орынбасарлары институт жасларының финал басқышында табыслы қатнасыўы ҳәм жақсы таярлықлар менен келгенлигин көрсетиўи ушын табыслар тиледи.
Жарысқа спортшыларда тренер-оқытыўшылардан Полат Мырзамбетов ҳәм Нөкис қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернатының аға тренери Бегдияр Сарыбаев таярлады.
Спортшы жасларымызға жарысларда әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
НМПИ баспасөз хызмети