Институттың бир топар студентлери Гумилёв атындағы Евразия миллий университетинде оқыўын даўам еттирмекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қазақстан Республикасындағы Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия миллий университети арасында илимий-педагогикалық жумысларда өз ара бирге ислесиў бойынша дүзилген меморандумға муўапық, институттың 18 студенти усы жылдың 20-январь сәнесинен 15-июньға шекемги аралықта бир семестр даўамында оқыўын Евразия миллий университетинде даўам еттирмекте.

Оқытыўдың академиялық мобильлик түри бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты, социаллық педагогика ҳәм адамның өзин-өзи аңлаўы, информатика, қазақ тили ҳәм әдебияты, инглис тили, химия ҳәм физика бағдарлары студентлери өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырып қайтыўы жобаластырылған.

 

НМПИ баспасөз хызмети