Қазақстанда өткерилген конференцияда институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер онлайн түрде қатнасты

Қазақстан Республикасы пайтахты Нур-Султан қаласында жайласқан Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия миллий университетинде «Абай мийрасы ҳәм ҳәзирги айтыс өнери» атамасындағы республикалық илимий онлайн конференциясы болып өтти. Конференцияға институттың қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, PhD Ы.Қуттымуратова қатнасты.

Соның менен бирге, институттың өзинде конференцияны онлайн бақлап барыў ҳәм тийисли пикир-усыныслар билдириў ушын шараят жаратылып, онлайн конференцияға институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов, түркий тиллер факультети деканы Б.Давлетов, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыўшысы, PhD Т.Төрткүлбаева және усы бағдардың студентлери де қатнасты.

Конференцияда фольклордың үлкен тараўы есапланатуғын айтыс өнериниң раўажланыўы, ҳәзирги айтыста Абай тәлимин қалай үгит-нәсиятлаў кереклиги бойынша мәселелер сөз болды.

 

НМПИ баспасөз хызмети