Институт жасларына Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында түсиниклер берилди
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатларына жоллаған Мүрәжаты ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларды түсиндириўге бағышланған ушырасыў болып өтти.
Оған Өзбекстан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси координаторлары С.Сайтжанов, П.Аяпов, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Ш.Турсынбаев, Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы С.Аяпов ҳәм институттың студент-жаслары қатнасты.
Ушырасыўды институт жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси Б.Гүлимбетов басқарып барды.
Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжаты бойынша кең түрде түсиниклер алды.