ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыз студентлери Нурсултан Назарбаевтың китапханасына саяхат етти

Л.Гумилев атындағы Евразия миллий университетине академиялық мобиллик бағдарламасы бойынша бир семестрлик оқыўға барған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир топар студентлери Нур-Султан қаласындағы Назарбаев орайына саяхат етти. Бул ҳаққында presidentlibrary.kz веб-сайты хабар берди.

— Қазақстанға келген биринши күнлерде олар пайтахт бойлап саяхат шөлкемлестирди. Бағдарламада Назарбаев орайы имараты айрықша орын ийелейди. Қарақалпақстанлы студентлер Қазақстанның Биринши Президенти Нурсултан Назарбаевтың китапханасының тийкарғы экспозицияларын тамашалады ҳәм ғәрезсиз Қазақстан тарийхы менен танысты, — делинеди хабарда.

Назарбаев орайы (ингл. Nazarbayev centre) көпфункционаллы илимий-аналитикалық ҳәм гуманитар-ағартыўшылық мәмлекетлик мекеме саналады. Орай Назарбаев китапханасы деп те аталады.

Назарбаев орайының тийкарғы хызмети Қазақстанда мәмлекетшилик тарийхын үйрениў ҳәм ғалабаластырыў ушын бирден-бир ҳәм белсенди информациялық мәканын жаратыў ҳәм оны еле де беккемлеўден ибарат.

Британиялы архитектор Норман Фостер тәрепинен жаратылған өзине тән архитектуралық келбети заманагөй Қазақстанның өмиршеңлигин аңлатады. Бул аспанның көзине уқсайды.

Назарбаев орайының көп функциялы имараты 28 мың квадрат метрден артық майданға ийе ҳәм 9 қабаттан ибарат. Китапхананың улыўма сақлаў фонды 460 мың данаға мөлшерленген. Бул жерде ҳәр қыйлы ғалабалық илажларды өткериў мүмкин ҳәм бинаның мәжилис холы бир ўақыттың өзинде 500 адамды қабыл ете алады.

— Университет басшылығы бизди жоқары дәрежеде күтип алды. Бул университетте студентлер ушын барлық шәраятлар жаратылған. Студентлеримиз буннан жүдә қуўанышлы. Қазақстан пайтахтын айланып, биз Байтерек комплекси ҳәм Назарбаев орайына да саяхат еттик. Саяхатымыз бизде жүдә үлкен тәсир қалдырды, — дейди студентлерге жетекшилик етиўши оқытыўшы Ырысты Қуттымуратова.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде еки жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиў шәртнамасына муўапық Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 18 студенти жазғы семестрде билим алыў ушын жиберилген еди. Олар усы билим дәргайында февраль айынан июнь айына шекем бир семестр даўамында сәйкес бағдарларда бийпул оқыйды және жатақхана менен тәмийинленеди.

Ҳәзирги ўақытта Евразия миллий университети рейтинг бойынша Қазақстандағы университетлер арасында екинши (биринши орында Әл-Фарабий атындағы Қазақ миллий университети) ҳәмде жәҳән университетлери қатарында 418-орынды ийелеген.

Университет 1996-жыл 23-майда еки жоқары билимлендириў мәкемелериниң, яғный Целиноград қурылыс инженерлик институты ҳәм Целиноград педагогика институтларының бирлестирилиўи арқалы шөлкемлестирилген.

2012-жылда QS World Universities рейтинг агентлиги нәтийжеси бойынша жәҳән университетлери рейтингинде 369-орынға көтерилген.

Университетте кадрлар таярлаў системасы 3 бағдарда: бакалавриат, магистратура ҳәм Ph.D докторантура тийкарында әмелге асырылады.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы семестрде және Кубань мәмлекетлик университетинде 2 студент академиялық мобиллик бойынша билим алып атырған болса, Новосибирск мәмлекетлик университетинде 3 студент алмасыў бағдарламасы бойынша докторантурада оқыўын даўам еттирмекте.

 

Е.Қанаатов.