Баслаўыш тәлим факультетинде Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасына бағышлап байрам кешеси шөлкемлестирилди
Илажда түркий халықлар әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, шайыр, өз дәўириниң уллы тарийхшы илимпазы Заҳириддин Муҳаммед Бабурлардың бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги бойынша көплеген мағлыўматлар берилди.
Дүнья әдебиятында өз орнына ийе мәңгилик тулғалар – Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасларын еле де терең үйрениў, жас ҳәм келешек әўладларға, студент-жасларға жеткериў парызымыз ҳәм қарызымыз болып есапланады. Байрам кешелери студент-жаслар тәрепинен таярланған уллы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилиги сәўлеленген сахналық көринислер менен даўам етти.
Байрам кешеси соңында «14-февраль – Халықаралық китап саўға етиў күни» мүнәсибети менен Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасы баслығы, п.и.д. Т.Утебаев студент-жасларға китаплар саўға етти.