Институт психологы 3 факультетте студентлер менен семинар-тренинглер өткерди
Институт психологы Г.Төрениязова сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими, мектепке шекемги тәлим ҳәм тарийхы факультетлеринде оқып атырған студент-жаслар қатнасыўында ҳәр бир факультетте семинар-тренинглер шөлкемлестирди.
Семинар-тренинглерде студентлерге инсанның өзине болған баҳасы ҳәм жетискенликлерге ерисиў жоллары ҳаққында кең түрде түсиниклер және әмелий көнликпелер берилди.
Семинарлар даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.