Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын әпиўайыластырыў режелестирилмекте
Өзбекстанда 2020-жыл 1-майға шекем Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларын және де әпиўайыластырыў илажлар режеси ислеп шығылады. Бул ҳаққында xabar.uz сайты мәлим етти.
Бул 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның жойбарында нәзерде тутылған.
Илажлар режесинде:
- тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери, илимпазлар, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелеринен ибарат арнаўлы экспертлер топарын дүзиў;
- улыўма билим бериўдиң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын ҳәм жоқары билимлендириў мәкемесине кириў имтиханларын унификацияластырып, бирден-бир мәмлекетлик сынақларды өткериў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм усынысларды кең жәмийетшилик арасында додалаў;
- тәжирийбе-сынақ тәризинде Бирден-бир мәмлекетлик сынақларды өткериў бойынша усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги