Доцент Б.Пренов математиканы оқытыў методикасы бағдары питкериўши курс студентлери ҳәм магистрантлары менен ушырасыў өткерди
Институтта математиканы оқытыў методикасы бағдары питкериўши курс студентлери ҳәм магистрантлары менен математиканы оқытыў методикасы кафедрасы баслығы доцент Б.Преновтың ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға математика оқытыў методикасы кафедрасының баслығы, доцент Б.Пренов, профессор-оқытыўшылар, факультет студент-жаслары ҳәм магистрантлар қатнасты.
Ушырасыўда Б.Пренов төмендеги мәселелерге тоқтап өтти:
1) Республикамыз Президенти тәрепинен жоқары билимлендириўге қойылатуғын талаплар;
2) Бүгинги күнниң питкериўшилериниң ўазыйпалары;
3) Билимлендириў тараўында коррупцияға қарсы гүрес;
4) Қәнигелик пәнлерге итибар;
5) Республикада математика пәнин және де раўажландырыў;
6) Математикадан кәнигелестирилген мектеплердиң ашылыўы;
7) Студентлер ушын әмелияттың көбейиўи;
8) Кәнигелик емес пәнлердиң қысқарылыўы;
9) Модульли-кредит системасына өтиў;
10) Питкериўшилердиң билимлерин сыртқы эксперт баҳалаўы;
11) Жоқары оқыў орынларының рейтинги;
12) Жүдә көп китап оқыў;
13) Жоқары оқыў орынларында оқытылатуғын пәнниң не ушын оқытылыў кереклиги,
14) Жоқары оқыў орынларының питкериўшилерге қоятуғын талаплары ҳәм т.б. ҳаққында кең түрде түсиник берди ҳәм студент-жаслар сораўлар берип, жуўаплар алды.