Түркий тиллер факультетинде «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўы болып өтти
Институттың түркий тиллер факультети «Қызларжан» илимий-әдебий дөгерегиниң басшысы Феруза Сапаева тәрепинен «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўы шөлкемлестирилди.
Таңлаў улыўма 4 шәрттен ибарат болып, онда 12 студент-қыз қатнасты.
Таңлаў шәртлери даўамында студентлер өзлериниң қәбилети, таланты ҳәм кәсиплик шеберликлерин көрсете алды.
Таңлаў жуўмағына муўапық, жеңимпаз деп табылған 4 студент анықланып, олар номинациялар бойынша сыйлықланды.
Яғный:
1-орын – «Факультет мәлийкасы» Наргиза Аяпова, қазақ тили ҳәм әдебияты бағдарының 3-курс студенти;
2-орын Гаўҳар Сейтжанова ҳәм Азиза Қалбаева қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының 1-курс студентлери;
3-орын Гулруҳ Улуғбекова, өзбек тили ҳәм әдебияты бағдарының 2-курс студенти.