Түркий тиллер факультети кураторлар кеңеси баслығының есап бериў мәжилиси
Түркий тиллер факультетинде кураторлар кеңеси баслығы Г.Патуллаева ҳәм топар басшыларының қатнасыўында сәўбет өткерилди.
Сәўбетлесиўде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниӊ 2017-жыл 31-августтағы 526-санлы буйрығыныӊ 2-қосымшасы менен тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде кураторлар кеӊеси ҳаққындағы Реже»ге муўапық факультетте академиялық топарларға кураторлық етип атырған топар кураторларыныӊ жумыслары үйренилип, факультет кураторлар кеӊеси баслығыныӊ 2019-жыл сентябрьден 2020-жыл январь айлары аралығында ислеген жумысларыныӊ есабы тыӊланды.
Есап бериўде ӨзР Президентиниң жаслардың руўхый дүньясын раўажландырыў ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўдеги 5 басламасы бойынша исленген жумысларға арнаўлы түрде тоқтап, еле де бул жумысларды жетилистириўдеги исленетуғын жумысларды айтып өтти. Факультет кураторларының қызықтырған сораўларына жуўап берилип ҳәм олардың пикирлери додаланды. Бул есап бериў мәжилиси алдағы ўақытлары усы бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўде әҳмийетли саналады.