Институтта «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына ӨзМТДПдан сайланған депутат Руслан Джумамуратов, Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңеси депутаты Ғайратдин Сейтеков, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси атқарыў комитети аппарат баслығы Левитан Абдимуратов, НМПИ оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар канаты» белсендилери қатнасты.

Ушырасыўды НМПИ Шет тиллер факультети деканы, партия белсендиси Илья Дильманов ашты ҳәм алып барды.

Ушырасыўда депутатлар соңғы ўақытларда қабыл етилип атырған нызамлар ҳаққында, жаслардың интеллектуал, дөретиўшилик, физикалық ҳәм басқа да бағдардағы қәбилетлерин раўажландырыўға көмеклесиў ҳәм шараятлар жаратыў, саламат турмыс тәризине умтылыўды қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларда китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм китап оқыўға қызықтырыў, китаптың жаслардың ой-өрисин кеңейтиўдеги әҳмийети үлкен екенлиги ҳаққында тоқталып өтти.

Ушырасыў соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды ҳәм бир қатар пикир усыныслар билдирилди.